Миллий армиямыз- мақтанышымыз

Қоңырат районындағы пайызлы орынлардың биринде  14 -январь – Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған байрам илажы болып өтти. Онда байрам  дәстүрханы жайылып, елимиздиң тынышлығын қорғаўдай әдиўли ўазыйпаны пидайылық пенен атқарып атырған әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары мирәт етилди.

Илажда район ҳәкими  Бекзад Мадаминов сөзге шығып, бүгинги сәне ҳақыйқый мәнисте халқымызға тән болған Ўатанға садықлық, батырлықтың тымсалына айналып атырғанлығын атап өтти. Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде елимиздиң ғәрезсизлигин, шегараларымыздың қәўипсизлигин тәмийнлей алатуғын миллий армиямыз қәлиплести. Армия қатарында ҳәр тәреплеме шыныққан, қурал- жарақ, техникаларды пухта меңгере алатуғын әскерлер хызмет етпекте. Байрам илажында район хәкимлиги тәрепинен тараў алдыңғыларына ҳүрмет жарлықлары ҳәм саўғалар берилди. Көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы йошлы қосықлар байрамға өзгеше пайыз бағышлады.

 

Skip to content