Елимизде Ўатан қорғаўдай уллы иске өзин бағышлаған әскерий хызметкерлер үлкен ҳүрмет -иззетке бөленип, ҳәр жылы 14-январь -Ўатан қорғаўшылары күни көтериңки кейпиятта байрамланады. Өзбекстан Ресрубликасы Қураллы күшлери шөлкемлестирилгенлигиниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Қоңырат районының орайлық көшелери бойлап әскерий парад болып өтти. Ерте таңнан райондағы Қарақалпақстан көшеси бойлап әскерий хызметкерлер ҳәм техникалар, ҳуқық қорғаў хызметкерлери бир сапта ҳәрекетленип, район халқына жоқары байрам кейпиятын инам етти.