Қоңырат районында көшпели қабыллаў өткерилди

Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминовтың  ҳәм сектор баслықларының пуқаралар ушын нәўбеттеги көшпели қабыллаўы өткерилди. Онда пуқаралар бәнтлик, үй-жай, медициналық жәрдем, кредит ҳәм басқа мәселелер бойынша район ҳәкимине мүрәжат етти.Пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлар тийисли қәнигелер тәрепинен қадағалаўға алынып, оларды қанаатландырыў илажлары көрилди. Айырымларына ҳуқықый түсиниклер берилди. Мүддет талап ететуғынлары болса  тийисли жуўапкерлер тәрепинен үйренип шығылмақта.

Skip to content