Қарар менен Қарақалпақстан Республикасы Музлатқышлы сыйымлар бирлеспесине ағза субъектлерге кооперация шөлкемлестирген түрде музлатқышлы сыйымларды қурыў, үскенелеў, қыс ҳәм бәҳәр айларында электр энергиясы тутыныўының бир бөлегин қаплаў тәртиби ҳаққында арнаўлы реже тастыйықланды.
Бирлеспеге ағза субъектлерга кооперация шөлкемлестирген ҳалда, музлатқышлы сыймларды қурыў ҳәм үскенелеў қәрежетлериниң 30 пайызы, яғный, 150 млн. сумнан артық болмаған муғдарда субсидия бериледи.
Арза бериўши субсидия ажыратыў бойынша Аўыл хожалығына хызметлер көрсетиў агентлигине «Agro-subsidiya» мәлимлеме системасы арқалы электрон арза менен мүрәжат етеди.
Агентлик субсидия қаржыларын үш жумыс күни ишинде субъекттиң коммерциялық банктеги тийкарғы есап бетине өткерип береди.
Электр энергиясы тутыныўшысы есабат айында жумсаған электр энергиясы баҳасының 50 пайызын, бирақ, ҳәр бир есабат айы ушын 15 мың киловатт саат электр энергиясы баҳасынан аспаған муғдарда Өзбекстан Республикасының республика бюджетинен қаплаў ушын субсидия алыў мақсетинде район (қала) электр тармақлары мәкемеси менен дүзилген салыстырыў акти ҳәм есап-фактураларды есабат айынан кейинги айдың 10-сәнесине шекем «Agro-subsidiya» мәлимлеме системасы арқалы Агентликке жибереди.
Агентлик субсидия қаржыларын субъекттиң коммерциялық банктеги тийкарғы есап бетине өткерип береди.