Миллий қәдириятлар ҳәм үрип-әдетлер кемпир апамлар талықлаўында

Қоңырат районлық ХББ не қараслы 35-санлы шет тиллерин оқытыўға қәнигелестирилген мектебинде “Миллий қәдириятлар ҳәм үрип-әдетлер кемпир апамлар талықлаўында” атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы өткерилди.Илажда Қоңырат районлық руўхый-ағартыўшылық орайы қәнигеси А.Туреев, Қоңырат МПЖ қәнигеси Г.Юлдашева, нураний апамыз, маҳалла белсендиси К.Аминова, Қоңырат МПЖ ҳәйел қызлар менен ислесиў комиссиясы, мәҳәлле жаслары, мектеп ҳәкимшилиги, мектептиң “Бийбиханым мектеби “ағзалары қатнасты.Илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПФ- 87 санлы “Шаңарақ ҳәм ҳәйел-қызларды дизимли қоллап-қуўатлаўға тийисли ислерди жедделлестириў” туўрысындағы пәрманнан келип шыққан ҳалда өткизилди.Қәдириятлар ҳәр бир миллеттиң өтимиши, бүгини ҳәм келешегин айнадай көрсетип турыўшы себеплерден бири есапланады. Алымлар қәдириятларды миллий, диний, мәҳәллий, аймақлық ҳәм улыўма инсанийлық сыяқлы бир қатар түрлерге шәртли түрде бөлип қойған.

Миллий қәдириятлар мәҳәллий ҳәм диний қәдириятларға, улыўма инсаний қәдириятлар болса көплеп миллий қәдириятларға талпынып раўажланады ҳәм әсирлер өтсе де өз қунын жойытпай,толықтырылып барыла бериледи. Бирақ бүгинги күндеги глобалласыў жағдайында да өз миллий,мәнаўий байлықларымызды асырап-абайлап атырған,байытып раўажландырып атырған ҳәр қандай миллеттиң өзине тән дәстүрлери,урип-әдетлери ҳәм өлмес қәдириятлары менен басқа миллетлерден ажыралып туратуғынлығы, бизиң халқымыздың қәдириятлары, урип-әдет дәстүрлери ең жақсысы екенлиги, бундай мәнаўий байлықларымызды асырап-абайлап,әўладтан-әўладқа жеткизип бериў ўазыйпамыз екенлиги илаж қатнасыўшыларының нәзеринен шетте қалмады.Нураний апамыз Клара Аминова жыйналғанларға илаж мазмунынан келип шыққан ҳалда мастер сабағын өтти десек асыра айтқан болмаймыз.Бийкарға “Қариясы бар уйдиң периштеси бар” деп айтылмаған.Нуранийларымыз,жасы үлкен аталарымыз, кемпир апаларымыз қай жерде болса, сол жерде халық мәнаўиятының билимданлары, әзелий дәстүрлер,мәресимлердиң мәлим дәрежеде сақланыўы менен бирге,олардың әмелиятда да қолланылып келиниўи кисини қуўандырады.


Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискеннен кейин халқымыздың өтимиши,тарийхий естеликлери,әййемги урип-әдетлери,дәстүрлери,қәдириятлар
ды тиклеў, абайлаў, муққаддес қәдем жайларды тийкарғы ҳалына қайтарыў ислери әмелге асырыла басланды. Мәҳәлле бурыннан қәдириятлар қәдирленетуғын жер. Соның ушын “Бир балаға жети қоңысы ата-ана”деп бийкарға айтылмаған. Мәҳәлле яки бир шаңарақта айрықша бир жағдай жүз бермегенше ақсақалларға қосылып мәҳәллени бир айланып,кекселерден ҳал сорап,бийбас жасларды тергемеймиз. Неге? деген сораўларға да жуўаплар изленди.Сондай ақ илажда Қоңырат районлық руўхый-ағартыўшылық орайы қәнигеси А.Туреев шығып сөйлеп,артықша ысырапкершиликке жол қоймаў,жарыспаққа дәбдебели тойлар бериў ҳәм оның ақыбетлерине де тоқталып өтти.Қәдириятлар халқымыздың бийбаҳа байлығы,жәмийетимиз,миллетимиз,мәмлекетимиз раўажланыўының тийкарғы себеплериниң бири.Солай екен халқымызға тән болған миллийлигимизди,миймандослығымызды,өзара ҳүрмет,кең пейиллик сыяқлы пазийлетлер ҳәр бир Ўатанласымыз тәрепинен ҳүрметлениўи,асырап-абайланыўы, жақсы тәреплери қосып байытылыўы,раўажландырылып барылыўы бахытлы келешегимиз ушын керекли шәртлерден есапланады.Сондай ақ илажда миллий қәдириятлар ҳәм үрип-әдетлеримизди жас әўлад санасына сиңдириўде алып барып атырған үгит-нәсият жумысларында,мәҳәлледе,мектептеги илажларда белсене қатнасып киятырған нураний апалар мектеп ҳәкимшилигиниң Миннетдаршылық билдириўши “Алғыснама”лары менен сыйлықланды.

Б.Бекбаулиева

Қоңырат РХББ не қараслы 35-санлы шет тиллерин

оқытыўға қәнигелестирилген мектептиң руўхый-ағартыў

ислери бойынша директор орынбасары 

 

Skip to content