Үстирт арқары

Үстиртте тарқалған арқардың бул түрин гейде”арқал”(илимий тилде “Ovis vignei”) ямаса “үстирттиң жабайы қойы”деп те атайды.Өйткени, арқар тек шөл, шөл- қумлы жерлерде тарқалса (Қазақы, Қапланқыр, Сарықамыс) басқа арқарлар бийик таўлы аймақларда гезлеседи. Үстирт қойының дене өлшеми басқа аймақлардағы ушырасатуғын арқарларға қарағанда шағынлаў. Денесиниң узынлығы 120-160 см, ал салмағы 40-70 кг. Ҳәм шаққан ҳәм епли жәниўар Үстирттеги қыя жартасларға жылдам көтерилип,1,5 метр бийикликке аңсат ғана секирип,және зымырап,10 метр қашықлыққа секирип , төмен түсе алады. Көзлери жүдә өткир, 2-2,5 шақырым қашықлықтағы адамды көре алады.

Бул жәниўардың жылдан- жылға азайып кетиўине адамлардың нызамсыз аўлаўы, жаңа өндирис орынларының ашылыўы тийкарғы себеп болса, және жабайы жыртқыш ҳайўанлардың да тәсири бар. Үлкемизде сийрек ушырасатуғын, Өзбекстанның Қызыл китабына киргизилген Үстирт арқарындай тәбияттың  инамын көз қарашығындай асыраў ҳәр бир пуқараның азаматлық миннети.

 

Skip to content