Oқыў семинары болып өтти

Бүгин Қоңырат районы ҳәкимлиги мәжилислер залында 2025- жылда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты кемейтиў бойынша оқыў семинары болып өтти.
Оған Қоңырат, Мойнақ районларының мәҳәлле жетиликлери менен тийисли тараў ўәкиллери қатнасты. Онда Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри орынбасары А.К.Кайраддинов,
Орайлық банк Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы хызметкери А.Азатовлар аймақларды раўажландырыў бойынша экономикалық комплекс тәрепинен әмелге асырылатуғын ўазыйпалар, “Драйвер”жойбарларды анықлаў ҳәм Қытай мәмлекетиниң тәжирийбесин ен жайдырыў бойынша берилген тапсырмалардың мазмун- әҳмийетине тоқтап өтти. Сондай-ақ, “Мәҳәлле жетилиги” тәрепинен кәмбағал шаңарақлар ҳәм жумыссызлар дизимин қәлиплестириў, мийнет миграциясынан қайтқан пуқараларды турақлы рәўиште мониторинг өткериў ҳәм оларды дәраматлы мийнет пенен бәнт етиў бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды. Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

 

 

Skip to content