Қоңырат районындағы 10 ҳәм 25- санлы МШБШ леринде «Методикалық шеберлик сааты»на старт берилди Методикалық шеберлик сааты Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-сентябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириўдиң сыпатын ҳәм нәтийжелилигин және де асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-152-санлы Пәрманы тийкарында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында шөлкемлестирилмекте. Жетекши педагоглар семинарда тәжирийбели тренерлерден өзлестирген билим ҳәм тәжирийбелерин өзлериниң мийнет жәмәәтлерине барып үйретип, ис тәжирийбелерин еле де байытып барады. Методикалық шеберлик саатлары ҳәр айдың 1- ҳәм 3 – ҳәптелеринде алып барылады.
Бундай илажлар мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери педагогларының жәҳән тәжирийбелеринен үлги алыўына, заманагөй тәлим бериӯдиң жаңа формаларын енгизиў арқалы тараўдың жаңа басқышларға шығыӯында ирге тасы болып хызмет етиўи сөзсиз.