8- январь- Өзбекстан республикасы прокуратура органлары хызметкерлери күни

Ҳүрметли прокуратура  органлары хызметкерлери ҳәм тараў ветеранлары!

8- январь- Өзбекстан республикасы прокуратура органлары хызметкерлери күни – бул байрам инсан ҳуқық ҳәм еркинлерин , жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерин қорғаўдай әдиўли миннетти атқарып атырған мақтанышлы кәсип ийелериниң байрамы. Елимиз раўажланыўының жаңа басқышында жәмийетимизде әдилликти орнатыў, нызамшылықты беккемлеў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў бағдарында прокуратура органларында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Өз кәсибиниң жуўапкершилигин терең аңлаған ҳалда ҳәр қандай жағдайда да нызам үстинлигин тәмийнлеý, инсaн ҳуқықларын қорғаý жолында пидайылық пенен мийнет етип атырған прокуратура хызметкерлерин бүгинги кәсиплик байрамы районымыз халқы атынан шын кеўилден қутлықлайман! Халқымыздың ҳақыйқый қорғаўшысы, әдиллик ҳәм нызамшылық сақшыларының ҳәр бириниң шаңарағына аман- есенлик, тынышлық-қәтержамлық,
халық мәпи жолындағы жумысларында табыс тилеймен!

Ҳүрмет пенен,
Қоңырат районы ҳәкими
Бекзод Мадаминов.

Skip to content