Кәсипке үйретиў орайы пайдаланыўға тапсырылды

«Басламалы бюджет» жойбарының 2024 жылдың 2- мəўсиминде Қоңырат районы 37- санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 1 қабатлы оңлаў талап болып қалған имаратын оңлаў ҳəм оқыўшыларды кəсипке үйретиў орайын шөлкемлестириў бойынша 1 млрд 360 млн ақша ажыратыў усынысы киргизилип, даўыс бериў нəтийжелерине көре жеңимпаз деп табылған еди. Мектептиң оқыўшыларды кəсипке үйретиў орайының имараты «Нөкис қутлы қәдем» жуўапкершилиги шекленген жəмийети тəрепинен əмелдеги оңлаўдан шығарылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Оқыў орайының ашылыў салтанатында район ҳәкими Бекзад Мадаминов сөзге шығып, Президентимиздиң басламасы менен “Жаңа Өзбекстан – мектеп босағасынан, тəлим- тəрбиядан басланады” деген идея тийкарында алып барылып атырған кең көлемли реформаларға тоқтап өтти. Кәсипке үйретиў орайында компьютер операторы, тигиўшилик, темир устасы дөгереклери шөлкемлестирилген болып, кәсипке үйретиў ҳәм пән дөгереклерине 179 оқыўшы қамтып алынған.

 

Skip to content