Қоңыратта “Ҳәким ҳәм жаслар”ушырасыўы: Жасларды қоллап- қуўатлаў ҳәм белсендилигин асырыў – баслы уазыйпа

Қоңырат районында жасларға байланыслы сиясаттың орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде “Ҳәким ҳәм жаслар” ушырасыўы болып өтти. Еркин пикирлесиў, ашық-айдын сәўбет формасында өткерилген илажға район ҳәкими Б.Мадаминов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлими баслығы Э.Исматов ҳәм жаслар қатнасты.Ушырасыўда район ҳәкими Б.Мадаминовтың 2024-жыл -“Жаслар ҳәм бизнести қоллап- қуўатлаў жылы”нда жаслар сиясаты ҳәм  бағдарламалардың орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында есабаты тыңланды.
Буннан соң жаслар менен ашық сәўбет шөлкемлестирилди ҳәм жасларды қыйнап киятырған машқалалары, пикир ҳәм усыныслары тыңланды.Ушырасыўда бәрше жаслар атынан район басшыларына район көлеминде жасларды коллап-куўатлап олардың усыныс ҳам машқалаларын турақлы шешимин табыўдағы белсендилиги ушын миннетдаршылық билдирилди.Өз гезегинде район ҳәкими ҳәр бир жастың турмыста мүнәсип орнын табыўы ушын мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз  бар күш ҳәм мүмкиншиликлерин толық сарыплайтуғынлығын атап өтти. Билдирилген исенимди ақлап, жаслардың келешекте жәмийетимиз ушын керекли кадрлар болып жетилисиўине ҳәм елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўына тилеклеслик билдирди.Өзлериниң таланты, уқыбы менен теңлеслери арасында жақсы нәтийжелерге ерискен, сондай-ақ, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған бир қатар белсенди жаслар район ҳәкиминиң Ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

 

Skip to content