ҚОҢЫРАТ РАЙОНЫ ҲӘКИМИ БЕКЗОД БАҲОДИРОВИЧ МАДАМИНОВТЫҢ ЖАҢА ЖЫЛ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

Әзиз дослар!

Мине, ҳәр бир тараўда үлкен жетискенликлер, тынымсыз жаңаланыўлар ҳәм өзгерислер менен 2024- жылға да жуўмақ жасадық. Ҳәр биримизге  үмит, арзыў- нийетлеримизге қанат бағышлап Жаңа 2025- жыл да кирип келмекте. Сиз әзизлерди, көп миллетли Қоңырат дияры халқын Жаңа жыл менен шын кеўилден қутлықлайман!Бәршеңизге бийбаҳа байлық- беккем ден саўлық , шаңарақларыңызға пайыз- берекет тилеймен!

Қәдирли дослар!

Өтип баратырған 2024- жылда барлық тараўларда халқымыздың пидайы мийнетлери нәтийжесинде үлкен өзгерислер әмелге асырылды. Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимиз экономикасының барлық тараўларында ҳәм халқымыздың турмысында тарийхый өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Барлық тараўлар қатарында транспорт тараўында алып барылып атырған реформалар халқымыздың узағын жақын, аўырын жеңил етпекте. Районымыз аймағынан өтиўши халық аралық әҳмийетке ийе А380 “Ғузар – Бухара – Нөкис – Бейнеў” автомобиль жолының 240 км бөлеги пайдаланыўға тапсырылды. Елимиз экономикасында орны гиреўли темир жол тараўында да жаңаланыўлар жүз берип, жаңа жыл қарсаңында Қоңырат темир жол вокзалының жаңа имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы да районымыз халқын үлкен қуўанышқа бөледи. Районымызда заманагөй ислеп шығарыў кәрханалары, үй- жайлар, жоллар, бир қатар социаллық объектлер, мәденият ҳәм спорт дәргайлары қурылды. Бул жаңаланыўларда ҳәр бириңиздиң үлесиңиз бар.
Жаңа Өзбекстанда инсан мәпи , оның өмири, ҳуқықлары ең уллы қәдрият дәрежесине көтерилди.
Президентимиз басламасы менен турмысқа енгизилип атырған “Инсан- жәмийет- мәмлекет” принципи бүгин алып барылып атырған реформалардың негизин
қурайды. Буның нәтийжесин бүгин ҳәр бир инсан ҳәм шаңарақ, ҳәр бир  жәмәәт өз мысалында көрмекте.
Ең әҳмийетлиси, адамларымыз бүгинги турмысынан разы болып, ертеңги күнге исеними беккемленбекте.
Бир сөз бенен айтқанда, тарийхта жарқын из қалдырған  өткен жылды үлкен шүкирлилик пенен шығарып салмақтамыз.

Әзиз дослар!

Бәршеңизди  кирип келген 2025- жыл менен және бир мәртебе қутлықлап, Жаңа жылда халқымыздың барлық арзыў- нийетлери иске аса бериўин тилеймен!
Жаңа Жыл елимизге қут-берекет алып келсин!

Ҳүрмет пенен,
Қоңырат районы ҳәкими
Бекзод Мадаминов.

 

Skip to content