Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Азық-аўқат ҳəм аўыл хожалығы шөлкеминиң (ФАО) Өзбекстан Республикасындағы ўәкилханасының «Аралбойы аймағында ҳаўа, жер ҳəм суў ресурсларын басқарыў бойынша инновациялық шешимлер арқалы экологиялық қəўиплерди сапластырыў ушын жергиликли шериклер ҳəм халықтың билим ҳəм көнликпелерин қəлиплестириў» қоспа жайбары шеңберинде Мойнақ, Қоңырат ҳəм Тахтакөпир районларында экосистема жағдайын баҳалаў, жергиликли халықтың экосистеманы асыраў бойынша билим ҳəм көнликпелерин асырыў, жасыл мəкан ҳəм тоғайзарлықлар шөлкемлестириў ҳəм бунда жергиликли халықтың тиккелей қатнасыўын тəмийинлеў нəзерде тутылған. Атап айтқанда, Қоңырат ҳəм Тахтакөпир районларында 2 гектардан жəми 4 гектар майданда жийде нəли егилип, көргизбели атыз майданларын шөлкемлестириў жойбарластырылған.
Усы илажлар шеңберинде Қоңырат районында оқыў семинары өткерилди. Илажда 30 дан артық экология, тоғай, суў, аўыл хожалығы ҳəм басқа мəпдар шөлкемлер ўәкиллери, фермерлер ҳəм студентлер қатнасты.Атыз майданында инновациялық усыл арқалы нəллер егиў, бунда суўды үнемлеўши технологиялар қатнасыўшыларға əмелде көрсетип өтилди.Илажда халық аралық ҳəм жергиликли экспертлер қатнасты. Күнниң биринши ярымында теориялық билимлер берилген болса, күнниң екинши ярымында тиккелей атызларда жумыслар алып барылды. Бул сыяқлы инновциялық шешимлер, экосистеманы асыраў, тоғайзарлықлар шөлкемлестириў, унамсыз ықлым өзгериўи зыянларын кемейтиўге хызмет етеди.