“Рәўшан”аўылында халықтың турмыс абаданлығы жолындағы жумыслар даўам етпекте

“Рәўшан” шаңарақлық шыпакерлик пунктинде аймақ халқы ушын мақсетли медициналық көрик шөлкемлестирилди.Қарақалпақстан Республикасындағы барлық қәнигелестирилген орайлардың кардиолог,травматолог,невропотолог,хирург,педиатр,офтальмолог,ЛОР,уролог,эндокринолог,акушер-гинеколог,нэйрохирург,дерматолог,фтизиатр,педиатр,балалар неврологи шыпакерлери қатнасыўында тереңлестирилген медициналық көрик ҳәм УТТ, ЭКГ, лаборатория, Республика қәнигелестирилген көз микрохирургиясы орайы Қарақалпақстан филиалының “Мобиль поликлиника”сы тәрепинен тексериўлер өткерилди.Медициналық көриктен өткерилген 174 пуқарадан  72 синде түрли кеселликлер анықланды.Соннан 65 пуқараға амбулатор  шараятта емлениўге усыныс берилди. 7 пуқараға районлық емлеўханаға даўаланыў ушын жоллама берилген болса,65наўқасқа 120 түрдеги дәри-дәрмақлар бийпул тарқатылды.

   

 

Skip to content