Бүгин район ҳәкимлиги мәжлислер залында Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң гезексиз 54-сессиясы болып өтти.Сессия мәжилисине район ҳәкими, депутатлар, район хәкиминиң орынбасарлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны район ҳәкими Б.Мадаминов ашты ҳәм басқарып барды. Сессия күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 10-сентябрь күнги “Дийхан хожалықларын шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў арқалы халық дәраматларын асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-373-санлы қарарына тийкар Қоңырат районы аймағында 2023-жылда пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде пуқараларға ашық электрон таңлаў арқалы ижара ҳуқықы тийкарында дийхан хожалығын жүритиў ушын суўғарылатуғын жер майданларын электрон саўдаға қойыў ҳәм “Сақаўат ҳәм көмек” фонды қаржыларын зәрүрликлерден келип шыққан ҳалда анық мақсетлерде сарыплаў сыяқлы бир қатар мәселелер көрип шығылды.
Соның менен бирге, дийхан хожалықлары ушын ашық таңлаўға қойылатуғын жер орынларының майданы, суўғарылатуғын жер майданларын ажыратыў арқалы аўыл хожалығы өнимлерин жетилистириўди және де қоллап-қуўатлаў мәселелери депутатлар тәрепинен додаланды.
Күн тәртибиндеги мәселелерден келип шыққан ҳалда тараў басшыларына анық тапсырмалар берилди ҳәм районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети