Қоңырат районы мәденият орайында 1-декабрь Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил бийлиги берилиўине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам кешеси өткерилди.
Илажға район ҳәкиминиң биринши орынбасары Ж.Сейтмуратов шығып сөйлеп ана тилимиздиң бай тарийхы, тилимиздиң өзине тән өзгешеликлери ҳаққында айтып өтти.
Сондай-ақ, Қоңырат районына мийнети сиңген журналист, нураный Яқыпбай аға Утебаев шығып сөйледи.
Буннан соң, усы байрам мүнәсибети менен “Мәртебең бәлент болсын, ана тилим!” сүрени астында өткерилген байрамларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириўде белсендилиги ушын бир қатар тараў пидәйыларын район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлыры менен естелик саўғалары тапсырылды.
Байрам илажы районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети