Инсан қәдири ушын
Бүгин Қоңырат районы ҳәкими,1-сектор баслығы Б.Мадаминовтың нәўбеттеги қабыллаўы болып өтти.
Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен турақ жай, медициналық жәрдем ҳәм бәнтлик мәселелериндеги мүрәжатлар ҳәким басшылығында, тийисли тараўлар менен биргеликте үйренилип шығылды. Қабыл етилген мүрәжатлардың айырымлары сол орынның өзинде унамлы шешилген болса, үйренип шығылыўы ушын ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар бойынша тараў басшыларына анық тапсырмалар берилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети