Қоңырат районында жабық жүзиў бассейни пайдаланыўға тапсырылды

Бүгин республикамыздың барлық орынлары қатарында Қоңырат районы да үлкен жаңаланыўлар ҳәм өзгерислер мәканына айланбақта. Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған реформалар халқымыздың турмыс абаданлығының асыўына хызмет етпекте.

Инсан мәпин тәмийнлеў бағдарындағы бундай ийгиликли ислердиң мысалы сыпатында бүгин Қоңырат районы ҳәкимлиги усынысы менен Қоңырат регионаллық темир жол узели тәрепинен ири оңлаўдан шығарылып пайдаланыўға тапсырылған Локомотив спорт комплексиндеги жабық жүзиў бассейнин мысал етсек арзыйды.

Бул социаллық объекттиң кең жәмәәтшилик ўәкиллери қатнасыўында болып өткен ашылыў мересиминде Қоңырат районы ҳәкими Бекзад Мадаминов сөзге шығып, бүгинги күнде Президентимиз басшылығында “Инсан қәдири ушын” деген принцип тийкарында ҳәр бир тараўда мийнеткешлердиң социал- экономикалық мәплерин ҳәм ҳуқықларын қорғаў менен бирге , халқымызды саламатластырыў бағдарында да тийисли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.
Пайдаланыўға тапсырылған жабық бассейнде саламатлықты беккемлеў ҳәм мазмунлы дем алыў ушын барлық шараятлар жаратылған.
Ири оңлаў жумысларына 1 миллиардтан аслам қаржы жумсалған бул объект барлық заманагөй үскенелер ҳәм инвентарьлар менен тәмийнленди.

Заманагөй түске енген жабық жүзиў бассейниниң пайдаланыўға тапсырылыўы тек ғана темиржолшылар ушын емес, ал пүткил район халқының саламатлығын беккемлеўге, әсиресе жаслар арасында спорттың жүзиў түрин ен жайдырыўға хызмет етиўи менен де әҳмийетли.

Skip to content