Нызамшылыққа муўапық, Мәҳәллелерде ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм денсаўлығын беккемлеў орайлары дүзилиўи белгиленген. белгиленген.
Орайларда бир социаллық жойбар шеңберинде 20 ға шекем ҳаял-қызлардың турақлы бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бәнтлиги тәмийинленетуғын ҳәр бир жумыссыз ҳаял-қыз ушын исбилерменлерге 3 миллион сумға шекем мәмлекет гранты ажыратылады.
Мәмлекет гранты төмендеги қатламдағы ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм де исбилерменлик жумысын баслаўына көмеклесиўге қаратылған жойбарлар ушын ажыратылады: ажыратылады
“Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри”не, соның менен бирге “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген;
▫️жумыссыз, әсиресе, аўыллық жерлерде бала тәрбиясы менен шуғылланып атырған;
▫️шет ел мийнет миграциясынан қайтып келген;
▫️майыплығы болған мийнетке жарамлы жумыссыз;
▫️рәсмий емес бәнтликти қысқартыў мақсетинде күнделикли жумыс пенен шуғылланып, дәрамат таўып атырғанлар;
▫️адам саўдасынан ҳәм де күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбир көрген, аўыр экономикалық жағдайға түсип қалған;
▫️улыўма орта ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған, ЖООна оқыўға кире алмаған ямаса жоқары оқыў орынларында оқыў ушын имканияты болмаған жумыссыз ҳаял-қызлар;
▫️алдын жынайый жуўапкершиликке тартылған, профилактикалық дизимге алынған, жазаны орынлаў мәкемелеринен қайтып келген ҳаял-қызлар.