Ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған жойбарлар ушын исбилерменлерге мәмлекет гранты ажыратылады

Нызамшылыққа муўапық, Мәҳәллелерде ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм денсаўлығын беккемлеў орайлары дүзилиўи белгиленген.

Орайларда бир социаллық жойбар шеңберинде 20 ға шекем ҳаял-қызлардың турақлы бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бәнтлиги тәмийинленетуғын ҳәр бир жумыссыз ҳаял-қыз ушын исбилерменлерге 3 миллион сумға шекем мәмлекет гранты ажыратылады.

Мәмлекет гранты төмендеги қатламдағы ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм де исбилерменлик жумысын баслаўына көмеклесиўге қаратылған жойбарлар ушын ажыратылады

“Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри”не, соның менен бирге “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген;

▫️жумыссыз, әсиресе, аўыллық жерлерде бала тәрбиясы менен шуғылланып атырған;

▫️шет ел мийнет миграциясынан қайтып келген;

▫️майыплығы болған мийнетке жарамлы жумыссыз;

▫️рәсмий емес бәнтликти қысқартыў мақсетинде күнделикли жумыс пенен шуғылланып, дәрамат таўып атырғанлар;

▫️адам саўдасынан ҳәм де күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбир көрген, аўыр экономикалық жағдайға түсип қалған;

▫️улыўма орта ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған, ЖООна оқыўға кире алмаған ямаса жоқары оқыў орынларында оқыў ушын имканияты болмаған жумыссыз ҳаял-қызлар;

▫️алдын жынайый жуўапкершиликке тартылған, профилактикалық дизимге алынған, жазаны орынлаў мәкемелеринен қайтып келген ҳаял-қызлар.

Skip to content