Қоңыратта улыўмалық баҳасы 10,0 млн АҚШ доллары болған жаңа инвестиция жойбары иске түседи

Бүгинги күнде Республикамыздың дерлик бәрше аймақларында тоқымашылық ҳәм трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўдың жаңа қуўатлары жаратылмақта. Сол қатары районымызда да бул тараўдың раўажланыўына айрықша итибар қаратылмақта.

“Қоңырат” АПЖ аймағында қурылыўы режелестирилген “Қўнғирот-Оқсарой текстил” ЖШЖ тоқымашылық жойбарының салтанатлы түрде ирге тасы қойылды. Илажға районымыз ҳәкими Б.Мадаминов, Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкиминиң мәсләҳәтшиси Д.Аллаев, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, нураныйлар ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Бул инвестициялық жойбарПрезидентимиздиң усы жылдың 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапарында Арал бойы аймақларын биргеликте раўажландырыў бойынша берген көрсетпелерине тийкар Қашқадәрья ўәлаятының “Оқсарой текстил” ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылмақта. Жойбарға көре, бул текстил кәрханасы тәрепинен жылына 40 тонна жип ийирип шығарыў, 11,5 млн кв.метр гезлеме өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм жылына 7 млн АҚШ доллары муғдарында таяр өнимлерди экспорт қылыў режелестирилген. Жойбардың улыўма баҳасы 10,0 млн АҚШ доллары болып, жойбар толық иске түсиўи нәтийжесинде 350 жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱@qongiratrkuz

Skip to content