Темир жол тараўы елимиз экономикасының қан тамыры.
Тарийхқа нәзер салсақ, Чарджау-Ургенч-Қоңырат темир жолы 1953-1959-жыллары иске түсирилип,аймақта жасаўшы халықтың турмыс абаданлығына унамлы тәсирин тийгизди.
Өткен әсирдиң 70-жыллары узынлығы 1025 кмге тең Чарджау -Қоңырат-Бейнеу темир жол линиясының қурылыўы Өзбекстанның қубла регионлары, Қарақалпақстан Республикасы, Россияның қубласы хәм Батыс Европаға қысқа жол ашыў имканиятын берди.
Сүўретте:Қоңырат станциясы ҳәм Вагон оңлаў депосы хызметкерлериниң қызғын жумыс барысы