Пуқаралардың бюджет процессинде белсене қатнасын тәмийинлеў, өзлериниң жасаў аймағындағы машқалаларға итибарын және де асырыў мақсетинде шөлкемлестирилген “Ашық бюджет” жойбары бүгинги күнге келип пуқараларға шын мәнисте көмекши болмақта. Пуқараларымыз бюджеттиң сарыпланыўында өз үлеслерине ийе болып, басламалар бериў арқалы белсене пуқаралық позицияларын билдирмекте.
Быйылғы жылы “Ашық бюджет” порталында районымыз пуқаралары тәрепинен билдирилген 4 усыныс жетерли даўыс топлап, жеңимпазлар қатарына киргенлиги ҳаққында алдын хабар берген едик. Бүгинги күнге келип жойбар жеңимпазы болған бәрше усыныслар бойынша әмелий ислер қызғын даўам етпекте.
Район орайынан алыста жайласқан “Қыпшақ” АПЖ Еркин аўылы ишки жолларын оңлаў жумыслары баслап жиберилди. “Maxsus yól stroy” ЖШЖ менен 849,4 млн сумлық шәртнама дүзилип, кәрхана тәрепинен ишки жолларға қум-шебен араласпасын төсеў жумыслары әмелге асырылмақта.
Жуўмақланыў алдында турған қурылыс-оңлаў жумысларынан аймақ турғынларының да қўанышы шексиз.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети