Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы, Жаслар ислери агентлиги ҳәм де Мәденият министрлигиниң шөлкемлестириўинде, усы жылдың 1-11-август күнлери аймақларда руўхый ағартыўшылық илажларын өткериў белгиленген еди.
Бүгин усы мүнәсибет пенен Қоңырат районы Мәденият сарайында районымыздағы жаслар ушын Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры тәрепинен таярланған “Қопал қошқар” атлы спектакли жыйналғанлар нәзерине усынылды. Жыйналғанлар спектаклди үлкен қызығыўшылық пенен тамашалап, кеўилли дем алды.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети