ҚОҢЫРАТТА ХАЛЫҚЛАР ДОСЛЫҒЫ КҮНИНЕ АРНАП ИЛАЖ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

#Халықлар_дослығы

Елимизде 130 дан асламмиллет ўәкиллери бир-бирине ҳүрмет ҳәм беккем аўыз биршилик пенен турмыс кеширмекте.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен 30-июль сәнесин “Халықлар дослығы күни” сыпатында кең түрде белгилеў бойынша нызам қабыл етилди. Бул болса көп миллетли елимизде миллетлер ара татыўлықтың жоқары басқышқа шығыўына негиз жаратты.

Сәне мүнәсибети менен орынларда байрам илажлары шөлкемлестирилмекте. Қоңырат районы Мәденият сарайында болып өткен байрам илажы да көтеринки руўхта өткерилди. Дәслеп елимизде жасаўшы халықлардың мәдениятын өзинде сәўлелендирген миллий қол өнер өнимимлери ҳәм миллий кийимлер көргизбелери жыйналғанлар нәзерине усынылған болса, буннан соң концерт тамашалары жыйналғанларға бир әлем заўық бағышлады.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content