ИСБИЛЕРМЕНЛЕР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ. ОЛАРДЫҢ МАШҚАЛАЛАРЫ ҮЙРЕНИЛДИ

Ашық сәўбет


Мәмлекетимизде исбилерменликти раўажландырыўға қаратылған итибар ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў,исбилерменлик тараўындағы машқалалар ҳәм усынысларды үйрениў мақсетинде бүгин район ҳәкимлигиниң мәжлислер залында Қоңыратлы исбилерменлик субъектлери менен ушырасыў шөлкеместирилди.

Ушырасыўға Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары И.Бабажанов, Саўда-санаат палатасы Қашқадарья ўәлаяты аймақлық басқармасы баслығы А.Қабилов ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасты.

Ашық сәўбетлесиў көринисинде өткерилген ушырасыўда исбилерменлердиң бир қатар пикир ҳәм усыныслары тыңланды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content