Өзбекстан Республикасынан шығып кеткенде пенсия қалай төленеди?

Сораў: Өзбекстан Республикасынан шығып кеткенде пенсия қалай төленеди?

Сораўға Қоңырат районы Бюджеттен тысқары пенсия қоры бөлим баслығы Т.Балтабаев жуўап береди:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024- жыл 29- октябрьдеги “Пуқараларды социаллық қорғаў тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлериниң жетилистирилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырымларын өз күшин жойытқан деп есаплаў ҳаққында”ғы 714-санлы қарарының 159-бәнтинде төмендегише белгиленген:
Пенсионер Өзбекстан Республикасы сыртына шығып кетип үш айдан артық ўақыт даўамында Өзбекстан Республикасына қайтып келмегенде;
мүддетинен алдын тайынланған жасқа байланыслы пенсия алыўшы жумысқа киргенде;
избе-из үш айдан артық ўақыт даўамында пенсияны жеткерип бериў ( тапсырыў) жүкленген шөлкем арқалы пенсия алынбағанда;
пенсионер азатлықтан айырылганда (мәнзил-колонияларда жазаны өтеп атырған шахслар буған кирмейди);
пенсионер руўхый жағдайы бузылған шахслар ушын Социаллық қоллап- қуўатлаў орайларында жасағанда;
пенсияны төлеўди тоқтатып турыў ҳаққында пенсионер арза ямаса сораўнама арқалы мүрәжат еткенде;
сорастырыў, тергеў органларынан ҳәм судтан жасырынып жүрген, жынайый жазаны өтеўден бас тартып атырған шахсларды излеўге дағаза берилгенде, бийдәрек жоғалғанда;
исеним хатын берген шахс оған тайынланған пенсияға ҳуқықты тастыйықлаў ушын белгиленген мүддетте келмегенде тоқтатып турылады.
Тайынланған пенсияны төлеў нызамшылықта нәзерде тутылған басқа жағдайларда да тоқтатып турылады.
Пенсияны төлеў пенсионер ямаса оның нызамлы ўәкили Пенсия қоры бөлимине келгеннен соң ҳәм ол арза бергенинен, сондай-ақ, шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти көрсеткеннен соң тикленеди.
Пенсионер сырт елде болып Өзбекстан Республикасына келиў имканиятына ийе болмаған жағдайларда пенсионер Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханасы ямаса коньсуллық мәкемесине пенсия төлемин тиклеў бойынша мүрәжат етиўи ҳәм сырт мәмлекет аймағында турақлы жасаў жағдайы жоқ екенлигин, сондай-ақ, пенсия ямаса социаллық напақа алмаўын тастыйықлаўы керек.
Пенсионердиң суд ҳүкими бойынша еркинен айырыў орынларында (мәнзил-колониялардан тысқары) болған ўақты ушын пенсия төленбейди. Пенсионер азат болғаннан кейин пенсияны төлеў Пенсия қоры бөлимине арза берилген күннен баслап тикленеди.
Пенсионер азатлықтан айырылғанда пенсия судтың нызамлы ҳүкими күшке кирген айдан кейинги айдың биринши сәнесинен баслап тоқтатылып турылады.
Мәнзил- колонияда жазаны өтеп атырған, еркинен айырыўға ҳүким етилген пенсионердиң жаза түри өзгерген жағдайда мәнзил- колония ҳәкимшилиги жаза түри өзгерген күнниң өзинде Пенсия қоры бөлимине бул ҳаққында хабар бериўи керек. Пенсия қоры бөлими мәнзил- колония ҳәкимшилиги тәрепинен берилген мағлыўмат тийкарында пенсия төлеўди тоқтатып турады.

Skip to content