Жаңа жумыс орынлары жаратылмақта

Әййемги бес қаланың бири  Қоңырат районында өнерментшилик түрлери, атап айтқанда, миллий кестешилик, миллий қурақларды қураў өнери кең тарқалған. Кемпир апаларымыздан мийрас бул өнер бүгин көплеген ҳаял- қызлардың турақлы жумыс искерлигине айналып, шаңарақлардың тийкарғы дәрамат дәреги болып келмекте.
“Мыңжарған” МПЖ турғыны Гүлзар  Қазақбаева миллий кестешилик, қурақ көрпешелер тигиўдиң сырларын пухта ийелеп, сол өнериниң нәтийжесинде  шаңарағын тербетип отыр. Банктен алған жеңилликли кредити есабынан 4 ҳаял- қызды жумыс менен тәмийинлеп киятырған өнерментке жумысын кеңейтиўге имканият жаратылды. “Санаатқурылысбанк” басқармасы қәўендерлигинде 100 миллион сумға заманагөй 10 тигиў машиналары алып берилди.
Нәтийжеде цехтың жумыс көлеми кеңейип, және 10 жаңа жумыс орны жаратылыўына ерисилди. Бул қолында өнери бар, лекин үйинде жумыссыз отырған және 10 ҳаял-қыздың жумыс пенен тәмийнлениўине имканият болды.

Skip to content