2025- жыл бәнтликти тәмийнлеў ҳәм кәмбағаллықты кемейтиўде шешиўши жыл

2025- жыл бәнтликти тәмийнлеў ҳәм кәмбағаллықты кемейтиўде шешиўши жыл болып, буның ушын жергиликли ҳәкимликлер ҳәм финанс-қаржы структураларының муўапықласқан жумысларын жеделлестириў нәзерде тутылған. Усы жыл 1-февральға шекем район банклери филиалларында мәҳәллелер менен ислесиў бөлимлери шөлкемлестирилип, оларға «мәҳәлле банкирлери» тайынланыўы, ҳәр бир мәҳәлледе олар менен бирге ислейтуғын «жәрдемши- агентлер» таңлап алыныўы белгиленген еди. “Санаатқурылысбанк” Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ўәкиллери Қоңырат районында болды ҳәм банктиң райондағы филиалының мәҳәллелердеги жумысларын жаңаша жантасыў тийкарында шөлкемлестириў бойынша район ҳәкимлигинде ушырасыў өткерди.Банктиң райондағы филиалында шөлкемлестирилген мәҳәллелер менен ислесиў бөлимлерине тайынланған «мәҳәлле банкирлери» менен биргеликте
халықты таяр бизнес жойбарлар менен таныстырыў, оларды әмелге асырыў көнликпелерин үйретиў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

 

Skip to content