Аўыл хожалығында жер реформаларын әмелге асырыў жойбарлаў офиси шөлкемлестириледи

Пәрманға көре, жер участкаларын ажыратыў жумыслары 2025-жыл 1-мартқа шекем толық жуўмақланады. Жаңа система биринши басқышта 2025-жыл бәҳәрги егин мәўсимине шекем белгиленген аймақларда район ҳәкимликлери қарамағында турған, 2025-жыл ҳәм оннан кейинги жыллар өними ушын пахта ҳәм ғәлле егинлерин жетистириў нәзерде тутылмаған бос турған жер майданларында енгизиледи. Жаңа системаның нәтийжелилигин турақлы түрде таллап барған ҳалда, зәрүрликке бола, оны 2025-жылғы гүзги егин мәўсими ҳәм оннан кейинги дәўирлерде басқа аймақларға да енгизиў бойынша усыныс киргизип барылады.

Төмендегилер шөлкемлестириледи:

“Аўыл хожалығында жер реформаларын әмелге асырыў жойбарлаў офиси”;

белгиленген ҳәкимликлер жанында “Ижараға берилген аўыл хожалығы жерлерине хызмет көрсетиў дирекциясы” мәмлекетлик кәрханалары.

Органикалық өнимлер жетистириў ушын Global G.A.P, GMP, FSCC, HACCP, Halal, Organic ҳәм басқа да халықаралық дәрежеде тән алынатуғын сертификатларды алған дийқан, фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларына ижараға берилген жер участкалары ушын 2028-жыл 1-январьға шекем 50 процент муғдарында жер салығы төленеди.

 

Skip to content