Социаллық тармақларды бақлар екенсиз, республикамыз аймағында түрли дәрежедеги жол- транспорт ҳәдийселериниң жүз берип атырғанын көриўиңиз мүмкин.
Бул ҳәдийселер нәтийжесинде қурбан болғанлар да, дене жарақатын алғанлар да бар.
Бир жол ҳәрекети қатнасыўшысы тәрепинен жол қойылған қағыйдабузарлық басқа ҳәрекет қатнасыўшысына да тәсир көрсетип, жақынларын бир-биринен айырмақта яки саламат адамның бир өмир майып болып қалыўына себепши болмақта.Усындай ЖТҲ лериниң алдын алыў мақсетинде Қоңырат районы ИИБ ЖҲХ ЖҲХБ хызметкерлери тәрепинен 37- санлы мектепте оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналары арасында үгит- нәсият илажлары алып барылды.Профилактикалық сәўбет даўамында оқыўшы жаслардың айдаўшылық гүўалығысыз, жол ҳәрекети қағыйдаларын қопал рәўиште бузып, транспорт ҳәм электроскутерлерди басқарыўы ЖТҲ лериниң жүз бериўине алып келип атырғанлығы видеолар арқалы тәсирли етип жеткерилди. Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлық ушын нызамшылықта белгиленген жуўапкершиликлер туўралы түсиниклер берилди.