Басламалы бюджет: Социаллық тараў мекемелериниң материаллық-техникалық базасы беккемленбекте

2024-жыл 1-мәўсим бойынша “Басламалы бюджет” жойбары тийкарында Қоңырат районында 18 миллиард 287 миллион 190 мың сўмлық 19 усыныс “жеңимпаз” болды. Соннан 13 жойбар қурылыс ҳәм 6 жойбар материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша болып, усы жойбарлардан ҳәзирги күнде қурылыс бойынша 11 ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша 5 жойбарлар толық жуумақланып, пайдаланыўга тапсырылды, ал қалған 2 объектте қурылыс-монтаж ҳәм 1 объектте сатып алыў жумыслары тез күнлерде жуўмақланыў алдында тур.
Басламалы бюджет себепли мектеплер жаңа көриниске ийе болып, заманагөй билимлендириў дәргайына айланбақта, сондай-ақ мәҳаллелеримизде жасларымыздың бос ўақытларын мазмунлы өткериўде пайдасы мол болатуғын жасыл қапламалы спорт майданшалары көбеймекте. Социаллық тараў мәкемелериниң материаллық-техникалық базалары раўажланбақта.

 

 

Skip to content