“Өнерлиниң қолы алтын”
Қоңырат районындағы “Қаратал” мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Парахат Шоланбаев бүгин қол мийнети менен қазақ халқының саз әспабы есапланған домбыра соғып, елдиң итибарына, ҳүрмет-иззетине ериспекте.Парахат жас болыўына қарамастан, үйинде отырып-ақ, ҳадал маңлай тери менен шаңарағын тербетиў менен бирге жасларға өнерментшилик сырларын үйретип келмекте.Жас уста үйиниң жанындағы устаханасында өзи менен бирге жети жастың бәнтлигин тәмийнлеп отыр.