Өзбекстан Республикасы Бас Министри орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы Зулайхо Махкамова Қоңырат районында болды

БМШ Бас ассамблеясының 2011-жыл 19 -декабрьдеги резолюциясына муýапық,11-октябрь- “Халық аралық Қызлар күни” деп жәрияланған.  БМШ не ағза мәмлекетлер, пуқаралық жәмийетиниң түрли дүзилмелерине бул сәнени белгилеý, пүткил дуньяда қызлардың турмыс тәризи,жасаý шараятларын,олардың хуқық хәм еркинликлери менен байланыслы жағдайларды  үйрениýи усыныс етилген.

Өзбекстан Республикасы Бас Министри орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы Зулайхо Махкамованың Қоңырат районына сапары даўамында  районлық медициналық бирлеспеде жәмийетте
руўхый орталықты жақсылаўда ҳаял-қызлардың белсендилигин асырыў,  перзент тәрбиясында ата-аналардың орны, ержетпеген қызлар арасында ерте некениң ҳәм шаңарақларда ажырасыўлардың алдын алыў бойынша бирге ислесиўши шөлкемлердиң искерлигин және де жетилистириў мәселелерине бағышланған илажлар өткерилди.
Буннан соң З.Махкамова Абу Али Ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумында ҳәм 35-санлы мектепте “Халық аралық қызлар күни”не бағышланып өткерилген илажларға қатнасты.
Ушырасыўлар даўамында бүгин елимиздеги қызларға деген айрықша ғамхорлық, олардың билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ушын жаратылып атырған шексиз имканиятлар ҳаққында сөз етилди.
Сәне мүнәсибети менен бир қатар белсенди қызлар ылайықлы хошаметленди.

Skip to content