Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев алға қойған бес баслама шеңберинде мәмлекетимиз бойлап, кең көлемли жаратыўшылық ҳәм ағартыўшылық жумыслары әмелге асырылмақта. Басламаның төртинши
бағдары – жаслардың мәнәўиятын жетилистириў, олар арасында китапқумарлықты кең үгит-нәсиятлаўдан ибарат екенлиги де буны тастыйықлайды.
Бүгинги күнде бул ийги басламаның нәтийжеси турмысымызда айқын көринисин таўмақта: китапқумарлар саны көбейип, китапханалардың саны артпақта. Бундай қайырлы ислердиң нәўбеттегисин бүгин Қоңырат районындағы Жаслар орайында ашылған жаңа “Термизийлер китапханасы” болды.Ашылыў мересимин район ҳәкими Бекзод Мадаминов ашып берди. Илажда Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық шайыры, “Дослық”, “Меҳнат шуҳрати”орденлери ийеси Сирожиддин Саидов, елимизге белгили жазыўшы-шайырлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Китапханаға Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы тәрепинен жәми 1 мың данадан зыят, Сурхандәрьялы исбилермен Ислам Худойбердиев тәрепинен болса тарийхый, сиясий ҳәм әдебий китаплар саўға етилди.-Алты мыңнан аслам аслам китап фондына ийе болған бул зия мәканы Ғәрезсизлик байрамы алдынан район халқы, әсиресе, жаслар ушын ылайықлы саўға болды,- дейди жаслар ислери баслығы Бахтияр Сақлапов.
-Бул китапхана фонды барлық тараўға тийисли әдебиятлар, китапқумарлар билим дәрежесин асыратуғын топламлар менен байытылғанлығы менен де әҳмийетли.Жас китапқумарлар ушын шөлкемлестирилген бул зия мәканы олардың сүйикли мәсканына айналыўына исенемиз.