Бүгин елимиз бойлап “Мәҳәлле абат-журт абат” ураны астында өткерилип атырған улыўма халықлық қайырқомлық шембиликке райондағы Қоңырат районындағы газ қубырлары басқармасы жәмәәти де белсене қатнаспақта. Кәрхана әтирапын абаданластырыў ҳәм 4P-173 жолының бойын жабайы шөплерден тазалаў, шығындыларды шығарыў жумысларын алып бармақта. Шембиликке райондағы барлық мекеме,кәрхана, шөлкем жәмәәтлери белсене қатнаспақта. Мәҳәллелерди абаданластырыў жумысларына бәрше пуқаралар белсене қатнасып,халқымыздың аўызбиршилик үлгисин көрсетпекте.