Nukus Electroapparat» қоспа кәрханасы 2017-жылда иске түсирилген болып, онда электр энергиясы тармағы ушын кернеў үскенелери ислеп шығарылады. Усы жылы июнь айында бул жерде 10 миллион доллардан аслам қаржы есабынан қуяш панеллерин ислеп шығарыў жойбары иске түсирилди. Үскенелер Корея Республикасынан алып келинип орнатылды.Өндирис процесси 100 процент автоматластырылған. Жойбардың жыллық қуўатлылығы 273 мың дана.Бул елимизде альтернатив энергиядан пайдаланыў бағдарындағы жумысларда қол келеди. Ҳәзирге шекем түрли имарат ҳәм шаңарақларда 600 мегаватт қуўатлылықтағы қуяш панеллери орнатылған. Бул ислер еле даўам етеди.Қоспа кәрхана ишки базарда талап жоқары болған өнимди локализациялаў менен бирге 4 миллион долларлық экспорт имканиятына да ийе болды. 70 пуқара жумыс пенен тәмийинленди.Мәмлекетимиз басшысы жумыс процессин көрип, жумысшылар менен сәўбетлести. Жуўапкерлерге бундай кәрханаларды көбейтиў, оларда базар талабы жоқары болған өнимлерди ислеп шығарыў бойынша көрсетпелер берди.Бул жерде тармақ кәрханаларында ислеп шығарылып атырған өнимлер таныстырылды.Заводтың өзинде де 125 киловатт қуўатлылықтағы қуяш панеллери орнатылған. Оннан алынған электр ишки мүтәжликлер ушын жумсалады, артықшасы аймақлық электр тармағына сатылады.Кейинги жылларда елимизде 2 миллиард доллар инвестиция есабынан қуўатлылығы 2,6 гигаватт болған 10 қуяш ҳәм самал станциялары иске қосылды. Сондай-ақ, улыўма баҳасы 19 миллиард доллар болған 18,6 гигаваттлы 32 «жасыл» жойбар бойынша жумыс алып барылмақта.Улыўма айтқанда, 2030-жылға шекем энергетика балансында қайта тиклениўши қуўатлықлардың үлесин 40 процентке жеткериў мақсет етилген.