Қарақалпақстанға инвестиция ағымы көбеймекте

Соңғы 7 жылда Қарақалпақстан Республикасында 17 триллион 800 миллиард сумлық 6 мың 784 жойбар әмелге асырылған. Олардың нәтийжесинде 56 мың жумыс орны жаратылған. Усы дәўирде 2 миллиард 815 миллион долларлық өним ҳәм хызметлер экспорт етилген. Быйыл Қарақалпақстанда улыўма баҳасы 874 миллион долларлық 470 жойбар әмелге асырылмақта.Бул турақлы даўам еттирилип, Қарақалпақстанда сырт ел инвесторлары ҳәм жергиликли исбилерменлер тәрепинен улыўма баҳасы 9,5 миллиард долларлық 124 жойбар қәлиплестирилген. Соннан дерлик 1 миллиард 800 миллион долларлық 10 жойбар мәмлекетимиз басшысына таныстырылды.Жойбарларға Қытай, Саудия Арабстаны, Германия, Россия, Испания сыяқлы мәмлекетлердиң компаниялары инвестиция киргизбекте. Олар энергетика, ыссылық тәмийнаты, таў-кән ҳәм химия санааты, қурылыс материаллары, хызмет көрсетиў ҳәм басқа да тармақларды қамтып алған.Мәселен, Саудия Арабстаны менен биргеликте Нөкис қаласында орайласқан ыссылық тәмийнаты системасын жақсылаў, Испания инвестициясының қатнасыўында Қараөзек районында қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў, германиялы инвесторлар тәрепинен Нөкис районында мысты қайта ислеў ҳәм кабеллер ислеп шығарыў жойбарларын әмелге асырыў режелестирилген.Бул 124 жойбар нәтийжесинде 20 мыңнан аслам адам жумыс пенен тәмийинленеди.Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлерге ҳәр тәреплеме жәрдемши болып, жойбарларды жеделлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Skip to content