СЕССИЯ

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң үлкен мәжилислер залында Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң гезексиз  76- сессиясы болып өтти. Сессияға Халық депутатлары районлық Кеңесиниң депутатлары, сектор баслықлары, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары, мекеме ҳәм кәрхана баслықлары,ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.Сессия Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен ашылды.Сессияны Қоңырат районы ҳәкими, Халық депутатлары районлық Кеңесиниң баслығы Б.Мадаминов алып барды.Сессияда депутатлар күн тәртибиндеги Мәҳәллелерди социал-экономикалық раўажландырыў, халықты исбилерменликке үйретиў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийнлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында,
Коммерциялық банклер тәрепинен өзлерине бириктирилген мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжелилиги ҳәм келешектеги режелер ҳаққында,
мәҳәллелерде”Сайхунабад”,”Уйчи”,”Зарбдор” ҳәм “Ғиждувон”районларының исбилерменликти раўажландырыўдағы алдыңғы тәжирийбелерин енгизиў ҳаққындағы мәселелер бойынша район ҳәкиминиң биринши орынбасарының ҳәм коммерциялық банк баслықларының есабатларын тыңлады.Сондай-ақ,мәҳәллелерде инфраструктура менен байланыслы машқалалар анализи ҳәм жыл жуўмағына шекем әмелге асырылыўы лазым болған жумыслар, усы жылдың биринши ярым жыллығында халықтың мүрәжатларын көрип шығыў бойынша әмелге асырылған жуиыслар нәтийжелилиги ҳәм екинши ярым жыллықта мүрәжатлар менен ислеў системасын және де жетилистириўдиң қосымша илажлары ҳаққындағы есабатлар мағлыўмат ушын қабыл етилди.Сондай-ақ,сессияда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 31-августтеги 557-санлы қарарына тийкарланып, райондағы авария жағдайындағы үйлерди реновация етиў арқалы халықтың жасаў шараятларын және де жақсылаў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәм келешектеги режелер ҳаққындағы,энергия ресурсларын үнемлеўге қаратылған қосымша илажларды белгилеў бойынша мәселелер додаланды.Сессияда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл11-ноябрь күнги 709-санлы қарарының орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде район ҳәкимлиги резервинде болған жер майданларын фермер хожалықлары ҳәм аўылхожалығы кәрханаларын шөлкемлестириў ушын
“Е-auksion”электрон онлайн аукцион саўдаларына орналастырыў ҳаққында,халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы, Қоңырат районы ҳәкиминиң сессиялар аралығындағы қабыл етилген қарар ҳәм бийликлерин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселелер де көрилип, сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

     

 

Skip to content