Конституциялық реформаларда жəмийетшиликтиң усынысларын үйрениў бойынша сəўбетлесиў ушрасыӯы болып өтти


Бүгин Қоңырат районы “Темир жол” МПЖ аймағында жайласқан ХББ не қараслы «Баркамал әӯлад» балалар орайында Ѳзбекстан экологиялық партиясының Қоңырат партия шѳлкеми ҳәмде экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаӯ комитетиниң районлық бѳлими менен биргеликте Ѳзбекстан Республикаасының Конституциясына 30 жыл толыӯы мүнәсибети менен Конституциялық реформаларда жəмийетшиликтиң усынысларын үйрениў бойынша сəўбетлесиў ушрасыӯы болып өтти. Ашық сəўбетлесиў тийкарында алып барылып, онда сөзге шықканлар Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерис ҳəм қосымшалар киритиў бойынша халықты турақлы түрде хабардар етиў ҳəм де аймақлардан келип түсетуғын усынысларды үйренип шығыў бойынша алып барылып атырған жумыслар бойынша кең түсиник берди.

Skip to content