Қоңырат районы 3-санлы мектепте жаңа китапларды таныстырыý мересими болып өтти. Онда мийманларға, китапқумарларға 10-класс оқыýшысы Зухрахан Салийеваның “Зулфияхан қызыман” атлы китабы және оның устазы Барно Хайатбахштың “Көриуге бараман” атлы жаңа китаплары жақыннан таныстырылды.Қатнасыýшылар китап авторлары туýралы да мағлыýматларға ийе болды. Кешеге Нөкис қаласынан республикамызға белгили бақсы Азат Сейилханов хәм композитор қосықшы шайыр Максет Матекеевлер қатнасты.Мектеп директоры Шарап Ешболов хәм 4-сектор аймағындағы “Қыпшақ”АПЖ тәрепинен жас шайырларға ,сондай -ақ,келген мийманларға саўғалар тапсырылды.
дерек: https://t.me/qonirathaqiyqati