Жеңимпаз спортшымыз мүнәсип күтип алынды

Усы жылдың 17-19-июнь күнлери Әндижан ўәлаятында “Бес баслама олимпиадасы” жарысы шеңберинде спорттың “Шахмат-шашка” түринен Республика бириншилиги болып өтти. Жарыста 22-26-жас категориясында Қоңыратлы “Тарақлы” мәҳәллесинде жасаўшы Ажар Нурманова мүнәсип қатнасып, бәрше қарсыласлары үстинен жеңиске еристи ҳәм сыйлы I-орынды ийелеўге еристи.

Жеңимпаз болғанлығы мүнәсибети менен өз мәҳәллеси аймағына спорт майданшасы қурылыўы ушын арнаўлы сертификатқа ийе болды.

Жеңимпаз спортшыны Қоңырат Темир жол вокзалында район ҳәкиминиң орынбасары Т.Калмуратов,Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы Т.Казахбаев,спортты раўажландырыў бөлими баслығы Р.Қурбанов ҳәмде бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен мүнәсип күтип алынды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content