Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминов “Ханжап” МПЖ турғынлары ушын нәўбеттеги көшпели қабыллаў шөлкемлестирди. Халықтың машқалаларын мәнзилли үйрениў ҳәм оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў мақсетинде өткерилген бул қабыллаўда мәрәжат етиўшилердиң шағымлары, усыныс ҳәм тилеклери үйренилип, шешим табыў ушын тийисли уйым басшыларына тапсырма берилди. Қабыллаўда халықтан жолларды оңлаў,суў ҳәм электр тәмийнатын жақсылаў, медициналық жәрдем, кредит алыў,бәнтлик сыяқлы мәселелер бойынша мүражатлар келип түсти. Бул мәселелердиң шешимин табыў ҳәм халыққа қолайлы турмыслық шараятлар жаратыў бойынша жуўапкерлерге зәрүрли тапсырмалар берилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети