Қоңырат районындағы “Мийнетабад” аўыл пуқаралар аймағында жайласқан “Самандаж”фермер хожалығында да орым-жыйым жумысларына қызғын пәт ендирилмекте.
– Ҳәр жылы мәмлекетке пахта ҳәм бийдай тапсырыў режесин артығы менен орынлап киятырмыз. Усы жылдың зүрәәти ушын өткен жылы 33 гектар майданға гүзлик бийдай ектик. Ғәллемизди быйыл лизингке алған жоқары өнимдарлы комбайн жәрдеминде орып алмақтамыз. Атызларымызда зүрәәт мол. Қырмызы дәнниң бир де мысқалын зая етпей елимиздиң қырманына тапсырамыз. Зүрәәтликти ең кеминде гектарына 70 центнерге жеткериў нийетимиз бар, -дейди фермер хожалығы баслығы Мансур Айтбаев.