Халқымыздың әсирлер аса жасап киятырған миллий байрамларының бири – Қурбан ҳайыты инсанларды шүкирлилик, меҳир -ақыбет пенен жасаýға үндеýи менен муҳаддес байрам.
Бул қутлы әййам мүнәсибети менен Қоңырат районындағы Ҳәким Сулайман атындағы жәмәәтлик мешитинде Ҳайыт намазы оқылды.
Район ҳәкими Б.Мадаминов, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Турманов, имам кәтиблер, нураныйлар бәршени Қурбан ҳайыт байрамы менен қутлықлап, елимизге тынышлық, қут-берекет тиледи. Усындай парахат журтта жасап атырғанымызға шүкирлилик билдирди.Сондай-ақ, усы күни бир қатар жәрдемге мүтәж, кем тәмийнленген шаңарақларға азық-аўқатлар тарқатылды.
Ҳақыйқатында да тынышлық, меҳир-мириýбет ҳүкимлик еткен елге байрамлар жарасады. Қурбан ҳайыт байрамының кеңнен белгилениýи де өмиримиздиң және бир әжайып күни, инсаныйлық пазыйлетлеримиздиң және бир көриниси.