Комбайнлар атызға түсти

Қоңыратлы ғәллекешлер быйылғы жылдың зүрәәти ушын 4390  гектар майданға гүзлик бийдай еккен еди.Тәрбия жумысларының агротехникалық қәделерге сай алып барылыýы нәтийжесинде атызларда мол зүрәәт топланды. Ендиги баслы ýазыйпа-халқымыздың ырысқы-несийбеси есапланған қырмызы дәнниң бир де мысқалын зая етпей өз мүддетинде сапалы орып-жыйнап алыý.
Райондағы “Мийнетабат”аўыл пуқаралар  аймағында жайласқан “Қоңыратлы Мухаммед” фермер хожалығында мине усы ýазыйпаларға бағышланған көргизбели семинар болып өтти. Оған аýыл ҳәм суý хожалығы тараýы қәнигелери, тийисли шөлкемлер, кәрхана басшылары қатнасты.Семинарды район ҳәкими Б.Мадаминов басқарып барды. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Д.Қайыпов шығып сөйлеп, жетистирилген өнимди  сепситпей орып-жыйнап алыý , мапазды шөлкемлескенлик пенен өткериý бойынша тийисли көрсетпелер берди.
Районда ғәллешилик пенен шуғылланатуғын 139 фермер хожалықлары тәрепинен мәмлекетке 11мың тоннадан аслам бийдай тапсырыý нәзерде тутылған. Орым-жыйым мапазын шөлкемлескенлик пенен өткериý бойынша 13 отряд дүзилген болып, оларға 13 дана жоқары өнимдарлы комбайнлар бириктирилген.
Семинарда, сондай-ақ, жүз бериýи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыý бойынша қәýипсизлик шараларын көриý, механизаторларға қолайлы мийнет шараятларын жаратыý, санитария-гигиена талапларына бойсыныýы бойынша да усыныслар берилди.Семинарда фермерлердиң далаларымызда жетистирилген зүрәәтти сепситпей,  ел телегине  тапсыратуғынлығына, орым-жыйым мәýсиминиң жоқары шөлкемлескенлик пенен өтетуғынлығына исеним билдирилди.

 

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

 

Skip to content