Меҳир- мириўбет айы

Қоңырат районы ҳәкимлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте “Санаат”мәкан пуқаралар жыйынындағы пайызлы орынлардың биринде шөлкемлестирилген аўызашар дәстүрханына
сабырлылық пенен ораза әмеллерин орынлап атырған аймақ турғынлары мирәт етилди.
Илажда мийманлар, имам кәтиблер , район ҳәкимлигинен ўәкиллер шығып сөйлеп,  бүгинги күнде  елимизде халқымыз ушын  жақсылық ,меҳир-мириýбет ,жоқары адамгершилик ,шүкирлилик  тымсалы болған Рамазан айында районның барлық аймақларында  қайырқомлық илажлар әмелге асырылып атырғанлығын,  бундай қайырлы ислер жәмийетимизде кеңпейиллик орталығын беккемлеýге хызмет ететуғынлығын атап өтти.

Skip to content