Наýрыз тек ғана тәбияттың өзгериýи емес ,бәлким инсан қәлби ,руýхыяты хәм сана –сезиминиң де жаналаныý , пәклениý пасылы.Үлкемизге кирип келген бәхәрдиң дәслепки күнлерин және де пайызлы ететуғын Наýрыз қуýанышлары көп миллетли Қоңыраттың барлық орынларында хүкимлик етпекте.
Миллий қәдриятларымызды ,дәстүрлеримизди, тағамларымызды,қол өнерлеримизди дуньяға танытыýға қумар Қоңыратлылар да Наýрызды өзине сай сән-салтанаты,миллий тамашалары менен күтип алмақта.Байрам қатнасыўшылары ҳәм мийманлар, жасы үлкен ҳәм кишилер миллий тағамлар ҳәм қол өнери дөретпелеринен ибарат көргизбелерди тамашалады.Миллий қәдриятларымызды,үрп-әдет, дәстүрлеримизди өзинде жәмлеген сахналық көринислер атқарылдыНаўрыз байрамы мүнәсибети менен өткерилген салтанатлы илажында Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминов шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қызғын қутлықлады.
Районда соңғы жыллары тараўларда ерисилип атырған жоқары нәтийжелерге тоқтап өтип, бундай жетискенликлерде районда жасаўшы ҳәр бир инсанның үлеси бар екенлигин айрықша атап өтти.
Районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған “”Әлем нурға толсын,сен менен, Наўрыз!» атамасындағы музыкалы композициядан орын алған көркем өнер шеберлериниң атқарыýындағы йошлы қосықлар,намалар байрам қатнасыýшыларына,мийманларға бир әлем заýық бағышлады.Наýрыз байрамынан орын алған палýанлар гүреси, арқан тaртысыý, қошқар дүгистириý, сыяқлы миллий спорт түрлери бойынша беллесиýлерди де илаж қатнасыўшылары көтериңки кейпиятта тамашалады.Жеңимпазлар район ҳәкимлиги тәрепинен ылайықлы сыйлықланды.Быйылғы байрам ҳәр жылғыдан өзгеше болды.”Әлем нурға толсын,сен менен, Наўрыз!» сүрени астында
Райондағы 13 аўыл пуқаралар жыйынлары арасында миллий дәстүрлер ҳәм қәдириятларымызды өзинде жәмлеген “Қара үй безелиўи”, “Миллий тағамлар”, “Миллий кийимлер”, “Миллий үрип-әдетлер” номинациялары бойынша жарыслар өткерилип, қатнасыўшылардың мийнетлери жоқары баҳаланды ҳәм жеңимпазларға район ҳәкимлиги тәрепинен баҳалы саўғалар инам етилди.
Байрам илажлары халқымыздың сүйикли қосықшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.