Рамазан айында кеңпейил халқымызды, әсиресе сақый инсанларды жәмлестирип, жоқары пазыйлетлердиң бири болған инсаныйлығымызды ҳәм қайырқомлығымызды еле де арттырмақта.
Көпшилик инсанлар саўаплы истиң басында.Айырым тараў ўәкиллери халқымыз ушын транспорт қуралларынан бийпул хызмет кѳрсетсе, айырымлар ыссы шай менен тәмийинлемекте. Қулласы, халқымыздың бундай қайырлы ислерин кѳплеп айта бериўге болады. Солар қатары райондағы исбилермен, сақаўатлы инсанлар қайырқомлығында жәрдемге мүтәж шаңарақларға материаллық ҳәм руўхый жәрдемлер кѳрсетилмекте.Мүбәрек рамазан айында саўаплы ислер даўам етпекте.Қоңырат районы ҳәкимлиги ҳәм Саўда-санаат Палатасы басламасы менен Исбилерменлик субъектлер тәрепинен райондағы жәрдемге мүтәж 130 хожалыкка азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди.