Жаслардың IT тараўына болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде Қоңырат районы ҳәкимлиги ҳәм Санлы технологиялар Министрлиги менен биргеликте жаслар ушын семинар шөлкемлестирилди.Оған Санлы технологиялар Министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық секторы баслығы Т. Баекеев ҳәм район ҳәкимиı орынбасары А. Мамутов
қатнасты. Т. Баекеевтың басшылығындағы резидентлер оқыўшы жасларға lТ тараўы бойынша теориялық ҳәм әмелий сабақлар өтти. Семинарда жасларды қызықтырған сораўларға жуўаплар берилди.